<?xml version="1.0" encoding="UTF-8"?><song><key>Bm</key>
<author>Рустам, Өзгеше әуенмен өзбек әнінен алынған.</author>
<title>Қайғы азапларға толы, көзинен жас ағады</title>
<lyrics>[V1]
.Bm              Em     G          F#
 Қайғы-азапларға толы, көзинен жас ағады.
.Bm             Em     G             F#
 Ийса бағда, Өзи қалып, аспанға нәзер салды.

[C1]
.  Bm               G      F#           Bm
   Өлу уақыты жақын қалды, жузинен қан ағады,
.  Bm             G     F#           Bm
   Илһамланған ибадати, Оған жәрдем береди!

[V2]
 Киндейди жахан хаққында, қыйналған уақытларда
 Бир Өзи қараңғылықта, жолдаслары қай жерде

[C2]
   Уйқыда Ол дууа етер изиндегилер хаққында
   Жүзинен тер хәм қан ағар, келди дослар алдына

[V3]
 Уйқламаңлар таң атқанша, өлимим жақынласты
 Келисим қаны төгилмегенше, ояу болыңлар енди

[C3]
   Натуры адымлар атып, қыянетши де келди
   Ийемиз оны қарсы алып, орнынан турып шықты

[V4]
 Хәй достым деди Ийемиз, алдыма неге келдиң
 Шадлан устаз деп Яхуда, Оған қыянет етти

[C4]
   Ғәзепленип бақырғанлар, өлимин талап етти
   Қәлемеймиз деп инсанлар, өз Масийхын куғын қылды

[V5]
 Биз ушын ағашта өлгенде, Қутқарыушы хәм Ийемиз
 Боран болып жер жүзинде, қараңғы түсти шексиз

[C5]
   Гөрлер ашылып Голгофа қыбырлап турар еди
   // Ибадатхананың әзиз пердеси, қолсыз жыртылып кетти //</lyrics>
</song>